
- Main
- Catalog
- News and Media
- Каракалпак 24
Каракалпак 24
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде телеграм каналы арқалы бақлап барың.
Channel statistics
Бул қарар хызмет көрсетиў қәрежетлериниң артыўы менен байланыслы екенлиги айтылып атыр.
👉 @Karakalpak24
28-апрель саат 10:00 ден баслап барлық қарыйдарлар ушын онлайн шәртнамалар ашылады.
👉 @Karakalpak24
Қарақалпақстан Республикасының ең үлгили ҳәм ең белсенди мектебин анықлаў ҳәм де оларды сыйлықлаў мақсетинде социаллық сораўнама шөлкемлестирилмекте.
Аймақлық басқышта қайсы мектеп өзиниң аймағында даўыслар саны бойынша 1-2-3-орынды қолға киргизетуғын болса, сол мектеп ФИНАЛға шығады.
🎉 Финалда 1-2-3-орынды қолға киргизген мектеплер шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.
👉МЕКТЕБИҢИЗГЕ ДАЎЫС БЕРИҢ
Ендигиден былай есап бетиңизде 1 млн 236 мың сумнан (3 БЕМ) аз пул болса, банклер кредит ушын пул шешип алмайды.
👉 @Karakalpak24
Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў жағдайлары бойынша 192 шахс айдаўшылық гүўалықысыз ямаса ҳуқықынан айырылғанына қарамастан машина басқарғаны анықланған.
Ең көп жағдайлар Хорезм ўәлаяты 60, Ташкент қаласында болса 40 жағдай анықланған.
32 жағдайда БЕМниң 50 есеси (20 млн 600 мың сум), 31 жағдайда болса БЕМниң 5 есеси (2 млн 60 мың сум) жәрийма қолланылды.
👉 @Karakalpak24
2026-жыл 1-январьдан баслап шығынды алып кетиў хызмети ушын жаңа төлем тәртиби енгизиледи. Енди халықтан тек ғана әмелде көрсетилген хызмет ушын ҳақы алынады ҳәм барлық төлемлер онлайн әмелге асырылады.
Төлемлер арнаўлы мәмлекетлик есап бетине қаратылып, операторларға шығындының көлеми ҳәм техника басқан аралыққа қарап төленеди. Сапасыз хызмет көрсеткен кәрханаларға жәрийма ямаса шәртнаманы бийкарлаў илажлары қолланылады.
👉 @Karakalpak24
Өзбекстанда 2026-жыл 1-июньнан баслап халықты турмыслық газ баллонлары менен тәмийинлеў хызмети жаңа тәртипте әмелге асырылады.
Ендигиден былай бул хызмет тек ғана бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетиледи.
Жаңа тәртипке бола:
– арза онлайн жибериледи;
– мағлыўматлар 1 жумыс күнинде тексериледи;
– 3 жумыс күнинде орнына шығып үйрениў өткериледи;
– унамлы жуўмақ болса, шәртнама дүзиледи ҳәм йесапбет ашылады;
– 12 жумыс күни ишинде 1 дана газ баллоны бийпул жеткерип бериледи.
Бул хызмет тийкарынан тәбийғый газ тармағына жалғанбаған аймақларда жасаўшы халық ушын мөлшерленген.
👉 @Karakalpak24
✅ Өзин-өзи бәнт еткен пуқара сыпатында дизимнен өтип, такси хызметин көрсетиўши пуқаралар ушын:
➖ белгиленген социаллық салықты төлеўде 30 процентке шекем шегирме бериў;
➖ мәмлекетлик шөлкемлерге тийисли болған, соның ишинде, аэропорт ҳәм вокзаллардың төлемли автомобиль турыў орынларынан 30 минутқа шекем ешейин пайдаланыўға руқсат бериў;
➖ ҳуқықбузарлық ҳәм жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берместен 1 миллион километр аралықта такси хызметин көрсеткен пуқараларға "Тәбият қорғаўшысы" көкирек белгисин бериў әмелияты жолға қойылады.
👉 @Karakalpak24
Yoki yana ko'plab boshqa texnikalarimiz👇
o'z narxini boshlang‘ich to‘lovsiz, penya va foizlarsiz 12 oyga TBC nasiya orqali bo'lib to'lang!
🤩 Qulay fursatni boy bermang, super takliflardan foydalanib qoling
👉 Do'konlarimiz
Savollaringiz uchun 👉 @MEDIAPARK_SUPPORT
#реклама
«Түйемойын» суў тазалаў қурылмасынан шығыўшы диаметри Д=1400 мм болған Төрткүл-Нөкис магистраль ишимлик суў тармағында авариялық жағдай келип шығыўына байланыслы, 25-апрель күни саат 08:00 ден, саат 22:00 ге шекем Төрткүл, Беруний, Елликқала, Әмиўдәрья районы турғынлары, исбилерменлик субъектлери, социаллық объектлер ҳәмде ислеп шығарыўшы кәрханаларға ишимлик суўы жеткерип бериў ўақытша тоқтатылатуғынлығын мәлимлеймиз.
👉 @Karakalpak24
Reviews channel
Catalog of Telegram Channels for Native Placements
Каракалпак 24 is a Telegram channel in the category «Новости и СМИ», offering effective formats for placing advertising posts on TG. The channel has 101K subscribers and provides quality content. The advertising posts on the channel help brands attract audience attention and increase reach. The channel's rating is 5.4, with 0 reviews and an average score of 0.0.
You can launch an advertising campaign through the Telega.in service, choosing a convenient format for placement. The Platform provides transparent cooperation conditions and offers detailed analytics. The placement cost is 90.32 ₽, and with 0 completed requests, the channel has established itself as a reliable partner for advertising on Telegram. Place integrations today and attract new clients!
You will be able to add channels from the catalog to the cart again.
Комментарий